Студентлерге темир жол билетлери ушын шегирме бериледи
Хабарыңыз бар, жоқары оқыў орынларының студентлери ушын 2020-жыл 28-декабрьден 2021-жыл 10-январьға шекем қысқы дем алыс етип белгиленди. Усы мүддет аралығында яғный, 2020-жыл 28-декабрьден 2021-жыл 10-январь сәнесине шекем жоқары оқыў орынларының күндизги бөлимлеринде тәлим алып атырған студентлер ҳәм оқыўшыларына поезд билетлери ушын тариф бөлегинен 50 процент муғдарында шегирме бериледи. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызметиниң берген хабарына тийкарланып мәлим етемиз. Филиалымызда тәлим алып атырған, ўәлаятларда жасайтуғын студентлер бул қысқы дем алыс ўақтында берилип атырған усындай жеңилликтен үнемли пайдалансаңыз болады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1