Жоқары билимлендириў процеслерин басқарыў мәлимлеме системасы ислеп шығылды
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Жоқары оқыў орынларының глобал бәсекилигин арттырыў ҳәм аралықтан оқытыўды енгизиў машқалалары ҳәм алдағы ўазыйпалар» темасында болып өткен баспасөз анжуманында 2021-2022-оқыў жылынан жоқары оқыў орынларында студентлер рейтинг дәптери, топар журналлары басқышпа-басқыш бийкар етилиўи билдирилди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме ҳәм коммуникация технологияларын раўажландырыў басқармасының баслығы Алишер Абдуллаев мәлим етти. Сондай-ақ, жоқары билимлендириў системасында Санлы университет жойбарын жолға қойыў режелестирилип атырғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди. «Жойбар шеңберинде “Жоқары билимлендириў процеслерин басқарыў мәлимлеме системасы” (HEMIS - Higher Education Management Information Systems) ислеп шығылды. Дәслепки басқышлар 2020-2021-оқыў жылында кредит-модуль системасына өткизилген 46 жоқары оқыў орнында енгизилмекте. Бунда ҳәр бир студент өзиниң жеке кабинети арқалы пәнлердиң электрон ресурслары, сабақ кестеси, бақлаў кестеси, қатнасы ҳәм өзлестириўи туўралы мағлыўмат алыўы мүмкин. Бул мәлимлеме системасын енгизиў арқалы 2021-2022-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында студентлер рейтинг дәптери, топар журналлары басқышпа-басқыш бийкар етиледи».
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1