SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Теориялық билимлер әмелият пенен беккемленип бармақта » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Теориялық билимлер әмелият пенен беккемленип бармақта
Теориялық билимлер әмелият пенен беккемленип бармақта
Бәршемизге белгили, кейинги жылларда балықшылық тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда искерлик жүритип атырған кәрханалардың саны да артып бармақта. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында бүгинги күнде усы тараў бойынша жас қәнигелер тәлим алып атыр. Филиал оқытыўшылары студентлерге теориялық билимлерди бериў менен бирге, олардың әмелий көнликпелерин беккемлеп барыўға ҳәрекет қылады. Филиал студентлерин өндирис кәрханаларының искерлиги менен жақыннан таныстырыў мақсетинде турақлы түрде әмелий сабақларды шөлкемлестирип барады. Усындай әмелий сабақлардың бири «Балықшылық өнимлерин ислеп шығарыў, сақлаў, қайта ислеў технологиясы» пәнинен “Балық ҳәм балық өнимлерин таярлаў” темасы бойынша шөлкемлестирилди. Пән оқытыўшысы А.Жолдасбаев Зооинженерия: Балықшылық қәнигелигиниң 3-курс студентлери менен биргеликте «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ ке қараслы балықты қайта ислеў цехына барып, ол жердиң искерлиги менен жақыннан танысты. Студентлер бул жерде балық өнимлерин таярлаў процесин бақлап, керекли мағлыўматларға ийе болды. Бунда оларға цех хызметкерлери жақыннан жәрдем көрсетти. Оқытыўшы олардың тема бойынша жақсы түсиникке ийе болыўы ушын бул жерде қолай шараят жаратыўға ҳәрекет қылды. Усы жерде соны айтып өтиў орынлы, кәрхана ҳәзирги күнде рулет, стейк, музлатылған балық филеси, балық фаршы, балық котлети, тефтел, пельмен сыяқлы балықтан таярланған тағамлар менен халқымызға хызмет көрсетип келмекте. Теориялық билимлерди әмелий тәрептен беккемлеп барыў студентлер ушын жүдә әҳмийетли болып есапланады. Бүгин олар жумыс процесин көзи менен көрип, жақыннан бақлап толық мағлыўматларға ийе болды. Филиал баспасөз хызмети