Филиал профессор-оқытыўшылары арасында шахмат-шашка жарысы өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы хызметкерлери арасында «Спорт-саламатлық күни» сүрени астында спорттың шахмат ҳәм шашка түри бойынша жарыс өткерилди. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша Қ.Атаназаров жарысты ашып берип, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Бул жарыс филиал кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты. Филиал хызметкерлери ортасындағы беллесиў қызықлы тәризде болды. Бәршемизге белгили, шахмат ақылый жақтан раўажланыўды еледе арттырып, адамларды сабырлы болыўға үйретеди. Бәсеки менен өткен жарыс даўамында бәрше қатнасыўшылар өз имканиятларын сынап көрди. Қатнасыўшылардың ҳәммесине бирдей жоқары кейпият бағышлаған жарыс жуўмағында 1-орын — А.Примбетовқа несип еткен болса, Г.Ешмуратова 2-орын ҳәм Ш.Бабанов 3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар филиал кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Барлық қатнасыўшылар жарыс заўықлы ҳәм қызықлы тәризде болып өткенлигин билдирди. Қутлықлаў менен биргеликте диплом ҳәм саўғаларды Ж.Халмуратова ҳәм Г.Қазахбаевалар өз ийелерине тапсырды. Әлбетте, бундай жарыслардың шөлкемлестирилип турыўы филиал хызметкерлерине жоқары кейпият бағышлайды.
скачать dle 12.1