SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
«Шошқашылық тийкарлары» пәнинен шөлкемлестирилген ашық сабақ » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » «Шошқашылық тийкарлары» пәнинен шөлкемлестирилген ашық сабақ
«Шошқашылық тийкарлары» пәнинен шөлкемлестирилген ашық сабақ
Студентлерге билим бериў процесинде қәнигелик пәнлер бойынша әмелий сабақлар шөлкемлестириў ҳәм ашық сабақларды өткерип барыў тәлим сапасының нәтийжелигин еледе арттырып барыўы бәршемизге белгили. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары бул бағдарда белсенди десек, қәтелеспеген боламыз. Буған бүгин «Шошқашылық тийкарлары» пәнинен шөлкемлестирилген ашық сабақты мысал ретинде келтирсек болады. Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Уримбетов Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 3-курс студентлерине “Шошқалардың экстерьери, конституциясы ҳәм оны баҳалаў усыллары” темасында ашық сабақ өтти. Сабақ процесине студентлерден тысқары филиалдың оқытыўшылары да қатнасты. А.Уримбетов дәслеп сабақтың мазмунын түсиндирип, темаға байланыслы мағлыўматларды айтып өтти. Студентлерге анық мысаллар менен көрсетиў мақсетинде шошқа муляжынан пайдаланған ҳалда тема шеңберинде түсиник берди. Олар шошқалардың экстерьер көрсеткишлерин үйрениў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Соның менен бирге сабақ даўамында студентлерге слайд арқалы қосымша мағлыўматларда көрсетилди. Бул ашық сабақ мазмунлы тәризде шөлкемлестирилгенлиги қатнасыўшылар тәрепинен билдирип өтилди.