SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиал студентлери “Панамилк” кәрханасында » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Болажақ жас ветеринар қәнигелердиң жетик билим алыўында теориялық ҳәм әмелий билимлердиң уйғынлығы үлкен әҳмийетке ийе. Соны инабатқа алған ҳалда Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында тәлим алып атырған студентлердиң әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде турақлы түрде шарўашылық фермер хожалықлары ҳәмде усы тараў бойныша искерлик жүргизип атырған өндирис кәрханаларына оқытыўшылар менен биргеликте барады. Филиал студентлериниң нәўбеттеги саяхаты пайтахтымыздағы сүт өнимлерин қайта ислеўши “Панамилк” кәрханасына шөлкемлестирилди. Арнаўлы пән оқытыўшылары А.Торешова ҳәм А.Уримбетовлар басшылығында барған студентлерди кәрхана баслығы Тимур Панаев күтип алды. “Кәрханамызда болажақ тараў қәнигелерин көрип турғанымнан қуўанышлыман. Сиз жаслар келешек ушын профессионал кадрлар сыпатында таярланып атырсыз. Ветеринария тараўы раўажланыўына үлес қосыўыңызға исеним билдирген ҳалда кәрхана искерлиги менен таныстырамыз”,-деп айтып өтти ол. Буннан соң Т.Панаев студентлерди сүт ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеп шығаратуғын кәрхананың искерлиги менен жақыннан таныстырды.
Атап айтқанда, Қараөзек районында жайласқан «Панаев фармс» фермер хожалығында бағылып атырған сыйыр желининен саўып алынған сүтлердиң кәрханаға алып келинип оны қайта ислеў ҳәм сүт өнимлерин (қаймақ, қатық, творог, йогурт, сыр) таярлаў процеси ҳаққында толық түсиндирип ҳәм көрсетип берди. Студентлер кәрханадағы жумыс процесин қызығыўшылық пенен бақлап турды. Ҳәр бир керекли мағлыўматты жазып алды. Т.Панаев оқытыўшы ҳәм студентлерди таяр сүт өнимлери қойылған дастурханға мирәт етип, оларды жеп көрип сапасы ҳәм дәмине баҳа бериўди сорады. Саяхат жуўмағында А.Торешова кәрхана баслығы Тимур Панаевқа филиал студентлерине ажыратқан ўақты ушын миннетдаршылық билдирип өтти. Соның менен бирге еки тәреп алдағы ўақытта усындай пайдалы саяхатларды шөлкемлестириў бойынша келисип алды. “Панамилк” кәрханасына шөлкемлестирилген бул саяхат әжайип тәсирлер менен студентлердиң күнделигине мөрленип қалыўы анық. Мағлыўмат ушын, буннан алдын филиал студентлери оқытыўшы А.Торешова басшылығында Қараөзек районындағы «Панаев фармс» фермер хожалығына барған еди.