Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының абитуриентлерине мәлим етемиз!
Белгили болғанындай, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 7-санлы протоколы қарарына муўапық: Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы түрде жасаўшы абитуриентлер бакалавриат тәлим бағдарларына улыўма қабыллаў параметрлеринен тысқары тәлим қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли-шәртнама тийкарында, кейинги ўақытта усы аймақларда 5 жыл ислеп бериў шәрти менен оқыўға қабыл етиледи. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының жуўапкер хызметкерлери усы районларда абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыўлар шөлкемлестирген еди. Филиал администрациясы Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы 56,7 баллдан көп топлаған абитуриентлерге шәртнама дүзиўдиң соңғы мүддети 2020-жылдың 1-декабри етип белгиленгенлигин рәсмий түрде мәлим етеди.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1