SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиал студентлерине Хожели районында әмелий сабақ шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал студентлерине Хожели районында әмелий сабақ шөлкемлестирилди
Филиал студентлерине Хожели районында әмелий сабақ шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 3-курс студентлери «Аўыл хожалық ҳайўанларын азықландырыў» пәнинен әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде пән оқытыўшысы Юсупбек Султанов басшылығында Хожели районындағы “Проф бек хожели” ЖШЖ шарўашылық хожалығына барды. Ол жерде студентлер шарўашылық хожалығы искерлиги менен жақыннан танысты. Атап айтқанда бул жерде бағылып атырған нәсилли қарамаллардың күнлик аўқатланыў рационы, азықлық базасы ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды. Ҳайўанларды азықландырыў процесин бақлады. Оларға берилетуғын азықлық қурамы менен танысты. Филиалда тәлим алып атырған студентлер ушын әмелий сабақларды усындай тәризде шөлкемлестириў әҳмийетли болып есапланады. Себеби, бул тараўда тек ғана теориялық билимлер менен шекленип болмайды. Сол себепли, көбинесе әмелий сабақлар усы тәризде алып барылады. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет теориялық ҳәм әмелий билимлердиң тең берип барылыўын тәмийинлеў ҳәмде студентлердиң тәжирийбесин арртырыўдан ибарат. Филиал баспасөз хызмети