Ветеринария бағдарындағы техникумларда имтиханлар қандай тәризде өткериледи?
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 7-санлы протоколы қарарына муўапық 2020-жыл 20-ноябрьден 30-ноябрьге (усы күни ҳәм) дейин колледж ҳәм техникумларға имтиханлар өткериледи.
Колледж ҳәм техникумлардың 178 инде тест сынақлары, 176 сында болса жазба имтихан түринде, спорт тараўындағы колледж ҳәм техникумларда кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткериледи.
Колледж ҳәм техникумларда 60 бағдарда тест сынақлары өткериледи. Тест сынақлары 195 836 абитуриенттен, жазба имтиханлар болса 50 649 абитуриентке өткерилиўи режелестирилген.
Имтиханлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Өзбекстан Республикасының профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында” 2020-жыл 11-ноябрьдеги 715-санлы қарарына муўапық әмелге асырылады.
Усы қарар менен профессионал билимлендириў мәкемелеринде тест сынақлары жазба ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары өткериледи. Тест сынақларын өткериў мәнзили, өткериў графиги Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте таярланбақта. Тест сынақлары тийкарынан медицина, педагогика, темиржол, кәншилик бағдарындағы колледжлер ҳәм техникумларда өткериледи.
Жазба жумыс имтиханлары хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы, санаат, жеңил санаат, транспорт, ветеринария ҳәм қурылыс бағдарындағы колледжлер ҳәм техникумларда өткериледи.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1