Филиал студентлери байрам илажына қатнасты
Бәршемизге белгили бүгин «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилгенине 29 жыл толды. Усы әжайип күн мүнәсибети менен республикамыз бойлап байрам илажлары өткерилмекте. Пайтахтымыздағы мәмлекетлик байрақлар орналасқан майданда Өзбекстан Республикасы миллий гвардиясының арнаўлы автомобиллери ҳәм атлы эскадроны қатнасыўында парад пенен биргеликте байрам илажы да болып өтти. Илажға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Муҳаммадали Абдуқундузов қатнасты. Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилгенине 29 жыл толыў мүнәсибети менен өткерилген бул байрам илажына Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов басшылығында студент жаслар қатнасты. Филиал студентлери илаж даўамында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасын тамаша етти. Жаслардың бундай илажларға белсенди түрде қатнасыўы олардың кеўилиндеги ўатанға болған муҳаббатының еледе артыўында әҳмийетли орын тутады.
скачать dle 12.1