СамВМИ Нөкис филиалы директорының студентлерге байрам қутлықлаўы
Әзиз, студентлер!
Көзлери жанып турған ғайратлы жаслар!
Сизлерди бүгинги 17-ноябрь халықаралық студентлер күни менен қызғын қутлықлайман. Мәмлекетимизде сиз жаслардың сапалы тәлим алыўы ушын жаратылып атырған кең имканиятларды көрип отырып, шексиз қуўанышқа бөленемен. Ҳүрметли Президентимиз басшылығында усы жылы 30-октябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим-пән тараўы раўажланыўын жеделлестириў мәселелери бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Сондай-ақ Пәрман жойбарында билимлендириўдеги ҳәзирги машқалаларды шешетуғын, жақын 5 жылда нәтийжесин көрсететуғын ҳәм кейинги раўажланыў дәрежесин белгилеп беретуғын мақсетлерди өз ишине қамтып алынған. Мәжилисте додаланған мәселелерден келип шығып, филиал профессор-оқытыўшылары жәмәәти менен биргеликте өзимизге тийисли ўазыйпаларды белгилеп алдық. Мәмлекетимизде билимлендириў системасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлардың барлығы жасларымыздың жетик ҳәм сапалы билим алыўы ушын екенлиги ашық-айдын белгили. Әлбетте, сизлерге билдирилген бундай үлкен исенимди ақлаў ушын еледе ғайрат пенен ҳәрекет қылыўыңызға исенимим кәмил. Биз сизлерден заманагөйликти үйренемиз. Байрамларыңызда заманға сай. Алтын дәўирдиң әжайип елеслери жоқары кейпият бағышлайтуғын мине усындай байрамлары менен «студентлик күнделигиңиз»ге мөрленип қалады. Ең қуўанышлысы, елимиздеги барлық жоқары оқыў орынлары 16-ноябрь сәнесинен баслап дәстүрий оқыўға қайтқанлығы болды. Филиал имараты сизлер менен еледе шырай ашады екен. Өзлериңиздиң гирбиңсиз күлкилериңиз бенен аудиторияларға және пайыз бағышладыңыз. Оқытыўшыларыңыз сизлерди, ал сизлер болса устазларыңызды сағынып қалған едиңиз. Мине сол сағыныш ҳәўири әсте-ақырын басылып атыр. Әлбетте, биринши нәўбетте сизлердиң ҳәмде филиал хызметкерлериниң ден саўлығы әҳмийетли болғанлығы ушын оқыў процесин карантин қағыйдаларына бойсынған ҳалда алып барамыз. Бунда сизлердиң де аўызбиршилигиңиз ҳәм тәртибиңиз әҳмийетли екенлигин есте сақлайсыз деп үмит етемен. Филиалда қандай ис-илажлар әмелге асырылмасын, буның артында тек ғана сиз студентлердиң сапалы тәлим алып, тәжирийбели кадр болып жетилисиўиңиз сыяқлы үлкен мақсетлер бар. Желкемизде елимиздиң болажақ ветеринарларын таярлаўдай жуўапкершиликли ўазыйпа турған екен, филиал жәмәәти менен биргеликте бар күш ғайратымызды иске салып, бир минут ҳәрекеттен тоқтамаймыз. Сизлер болмасаңыз филиал искерлигиде болмайды. Сонлықтан студентлеримиздиң орны, қәдири оғада бәлент. Сизлерден тек ғана бир нәрсе- оқытыўшыларыңыз берген тәлимди қунт пенен өзлестириўиңиз талап етиледи. Оқыўдан, излениўден тоқтамаң. Жаңалықлар дүньясында белсенди болың. Заманагөй пикирлеп, батыл қәдемлер менен келешекке қарай қәдем таслаң. Сизлерге және бир алтын мәслаҳатим, китап оқыўды бүгиннен баслаң. Және бир мәрте байрамыңыз мүбәрек! Ҳәр дайым саў-саламат болың! Сизлердей перзентлерди тәрбиялаған ата-аналарыңызға миннетдаршылығым шексиз. Жоқары кейпият пенен студентлик дәўириниң ҳәр бир деминен заўық алың! Оқыўларыңызда тасқын табыслар ҳәм ғайрат тилеймен!
Ҳүрмет пенен,
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1