Бүгин ЖООларында дәстүрий оқыў қандай тәртипте басланды?
Бүгиннен баслап жоқары билимлендириў мәкемелеринде дәстүрий оқыў басланды. Оқыў процеси ҳәр бир жоқары оқыў орны тәрепинен исленген реже-график тийкарында жолға қойылды. Бул 16-ноябрь сәнесинде барлық курсларға дәстүрий оқыў басланды дегени емес. Мәселен, көпшилик жоқары оқыў орынларында биринши ҳәм төртинши курс студентлерге бүгиннен, ал қалған курс студентлерине болса 23-ноябрьден (ямаса ноябрь айының басқа сәнесинен) дәстүрий сабақлар басланыўы режелестирилген. Буны жоқары оқыў орынлары өзлериниң ишки имканиятларынан келип шығып белгилейди. Еслетип өтемиз, филиалымызда 2-ноябрь сәнесинен баслап карантин қағыйдаларына қатаң түрде әмел еткен ҳалда 2 ҳәм 3-курс студентлерге дәстүрий оқыў басланды. Филиалдың 1-курс студентлерине болса 23-ноябрь күни оқыў дәстүрий түрде басланыўы белгиленди. Мағлыўмат ушын, дәстүрий оқыўға қайтыў тәртиби бойынша ҳәр бир ЖОО аймақтағы медицина мәкемелери менен биргеликте жумыс алып барады. Сондай-ақ, 30 орынлық аудиторияға тек ғана 15 студент киргизиледи. Сабақлар карантин қағыйдаларына бойсынған ҳалда алып барылады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1