«Жаңа Өзбекстан – жаңаша көз қарас» сүрени астында илаж болып өтти.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы аймағындағы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынында «Жаңа Өзбекстан – жаңаша көз қарас» сүрени астында илаж болып өтти. Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары да белсенди түрде қатнасты. Республикамыз бойлап «Жаңа Өзбекстан – жаңаша көз қарас» сүрени астындағы бундай мәдений илажлар пандемия дәўиринде бираз түскинликке берилген халқымыздың жүзлерине және күлкини қайтарып, кеўиллерин көтерип атыр. Филиал студентлери де «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны турғынларының кеўилин көтериў мақсетинде өзлериниң киши концерт бағдарламасын қойып берди.
скачать dle 12.1