Филиал хызметкерлери Мойнақ районында абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыў өткерди
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 7-санлы протоколы қарарына муўапық: Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы түрде жасаўшы абитуриентлер Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына (“Ден саўлықты сақлаў” тәлим тараўы буған кирмейди) улыўма қабыллаў параметрлеринен тысқары тәлим қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли-шәртнама тийкарында, кейинги ўақытта усы аймақларда 5 жыл ислеп бериў шәрти менен оқыўға қабыл етилиўи жүзесинен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының жуўапкер хызметкерлери, атап айтқанда А.Баймбетов ҳәмде А.Жолдасбаевлар Мойнақ районына барып, 2020/2021-оқыў жылы ушын өткерилген тест сынақларында топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 проценти ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасты. Сәўбетлесиў даўамында филиал хызметкерлери тәрепинен дизимде келтирилген абитуриентлерди кейин усы районларда 5 жыл жумыс ислеп бериў шәрти, соның менен бирге оқытыў қәрежетлерин толық қаплайтуғын төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў бойынша толық түрде мағлыўмат ҳәм түсиник берилди. Сондай-ақ, филиал искерлиги, оқыў процеси ҳәмде студентлер тәлим алыўы ушын жаратылған шараятлар ҳаққында да мағлыўмат берип өтилди.
Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен берилген сораўларға толық түрде жуўап қайтарылды. Мағлыўмат ушын: Усындай ушырасыўларды Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында С.Қаниязов ҳәм Е.Сейтмуратовлар өткерди.


Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1