Дәстүрий оқыў басланыўы рәсмий түрде тастыйықланды
Кейинги ўақытларда социаллық тармақларда жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў қашан басланыўы мазмунындағы ҳәр түрли хабарлар жарытылды ҳәм жүдә көп додаланды. Айрым телеграм каналлар арқалы рәсмий тийкарға ийе болмаған хабарларда тарқатылды. 12-ноябрь күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларында 16-ноябрьден баслап дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққындағы хабар рәсмий түрде тастыйықланды. Хабар мазмунын төменде келтирип өтемиз: «Республика комиссиясыныӊ 2020-жыл 12-ноябрьдеги мәжилиси қарарына муўапық барлық жоқары оқыў орынларында усы жылдыӊ 16-ноябрь сәнесинен баслап жоқары оқыў орны тәрепинен ислеп шығылған ис-илажлар ҳәм реже-график тийкарында оқыў процесин дәстүрий түрде даўам еттириў белгиленди».
Мағлыўмат ушын: Бунда жоқары оқыў орынлары тәрепинен реже-график ислеп шығылып, нешинши курс қайсы сәнеден дәстүрий оқыўды баслаўы белгиленеди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1