Республикадағы жоқары оқыў орынларының саны 127 болды
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Ферғана филиалы шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-ноябрьдеги «Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында кадрлар таярлаў системасын жеделлестириў ҳәм илимий искерликти асырыў ис-илажлары ҳаққында» ПҚ-4877-санлы қарарына муўапық Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Ферғана филиалы шөлкемлестирилди.
Филиалдың искерлиги 2020/2021-оқыў жылынан баслап шөлкемлестириледи. Республикадағы жәми жоқары оқыў орынларының саны 127 ге жетти.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1