Қәдириң бәлент болсын-ана тилим!
“Дуньядағы әййемги ҳәм бай тиллердиң бири болған өзбек тили халқымыз ушын миллий өзлигимизди ҳәм ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тымсалы, бийбаҳа руўхый байлығымыз, уллы қәдириятларымыздур” деп Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың айтқанындай, усы жылдың 10-апрель күнги “Өзбек тили байрамы күнин белгилеў ҳаққында”ғы ЎРҚ-615-санлы қарарының қабыл етилиўи өзбек тилиниң раўажланыўы ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе болды.
Бизиң филиалымызда да 21-октябрь “Өзбек тили байрамы күни” мүнәсибети менен филиал талабалары арасында “Тил миллет айнасы” сүрени астында жаслар қәлбинде ана тилимизге меҳр-муҳаббат сезимин жәнеде күшейттириўге бағдарланған “Ең мазмунлы ҳәм тәсиршең социаллық ролик” таңлаўының өткерилиўиндеги мақсетте талаба-жаслардың мәмлекетлик тилге мүнәсибетиниң өзгериўине, олардың өзбек тилин қәдирлеўине, улыўма халықлық байрам сыпатында белгилениўи, бул тарыйхый жағдайдың тилимиз раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың сана-сезимине бул өзбек тили миллет тили екенлигин сиңдириўден ибарат екенлигин түсиндириў болды. Өткерилген таңлаўға филиал талабалары белсене қатнасып, танлаў жуўмағында Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 1-курс 214-топар талабаларының таярлаған видеоролиги жеңимпаз деп табылды, екинши ҳәм үшинши сыйлы орынларды Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелиги 1-курс 212-топар талабалары ҳәмде Ветеринария медицинаси қәнигелиги 3-курс талабасы Жуманазарова Айгулдиң таярлаған видеороликлери ийеледи. Жеңимпазлар дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими
скачать dle 12.1