Супер-контракт суммасын қашанға шекем төлеў керек?
Сайтымыз арқалы 2020/2021-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында тәлим алып атырған студентлерге контракт пулын оқыў жылы даўамында тең еседе төрт бөлип төлеў имканияты жаратылғанлығын ҳәм төлемди әмелге асырыў мүддетлери ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мағлыўматына таянып хабар берген едик. Хош, қосымша контракт төлемин әмелге асырыў мүддетлери қандай? Төменде буған анықлық киргизип өтемиз.
Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының қарарына муўапық, 2020/2021-оқыў жылы ушын супер-контракт муғдарларын екиге бөлип төлеў мүмкин.
Бунда:
—оқыў жылының биринши ярымы ушын кеминде 50 проценти 2020-жылдың 1-декабрьне шекем;
—екинши ярымы ушын болса қалған бөлеги 2021-жылдың 1-март сәнесинен кешиктирилмей төлениўи керек.
Еслетип өтемиз, төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлер төлемди өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2020-жылдың 1-ноябрь сәнеси етип белгиленген.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1