Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланыўы мүмкин
Республикамыздағы жоқары оқыў орынлары дәстүрий тәлим түрине қайтыўы күтилмекте. Бас министр орынбасары Беҳзод Мусаев өткерген видеоселекторда бул мәселе көрип шығылғаны мәлим етилген еди. 18-октябрь сәнесинен баслап Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басламасы менен жоқары оқыў орынларында оқыў процесин дәстүрий ямаса онлайн түрде даўам еттириў мақсетинде студентлер ҳәм олардың ата-аналары ортасында социаллық сораўнама өткерилип баслады. Сондай ақ, дәстүрий оқыўға қайтыў бойынша анық қарар еле қабыл етилмегенлиги, жағдай еле толық үйренилиўи айтып өтилди. Дәстүрий тәлим түрине қайтылыўы менен көп санлы студентлердиң пайтахтқа қайтыўы социаллық аралық сақлаў имканиятын кемейтиўи, оларды студентлер турақ жайларына жайластырыў машқалалары бар екенлиги туўралы да мағлыўмат берилди.
Мағлыўмат ушын, быйыл 15-март сәнесинде елимизде биринши коронавирус жуқтырған пуқара анықланғаннан соң елимиздеги барлық жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў тоқтатылған еди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1