Және бир сырт ел ЖОО филиалы шөлкемлестирилди
Президент қарары менен (ПҚ–4857, 08.10.2020) “А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети” Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары оқыў орны (Университет) ның Ташкент қаласындағы филиалы шөлкемлестирилди.
Қарарға муўапық, Филиал:
барлық дәрежедеги қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыўды әмелге асырады;
тәлим процесин рус тилинде, кейин ала басқа тиллерде де алып барады;
кадрлар таярлаўды күндизги, кейин болса сыртқы тәлим түринде алып барады;
питкериўшилерге Өзбекстанда жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университеттиң белгиленген үлгидеги дипломын береди.
Республикадағы жоқары оқыў орынларының саны 126, соның ишинде сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары 24 ке жетти.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1