Филиалға студентликке усыныс етилген абитуриентлер дыққатына!
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген абитуриентлерден төмендеги тийисли ҳүжжетлерди филиалға тапсырыўы керек екенлигин хабарлаймыз. Бул дизимде барлық керекли ҳүжжетлер толық көрсетип өтилген усы бойынша тийисли ҳүжжетлерди филиалдың жуўапкер хызметкерлерине тапсырыўыңыз соралады.
1)Ректордың атына арза;
2)Паспорт нусқасы (түп нусқасы көрсетилген ҳалда);
3)Диплом ямаса аттестаттың (қосымша бети менен бирге) түп нусқасы;
4)Тил билиў дәрежесин тастыйықлаўшы сертификаттың түп нусқасы (егер бар болса);
5)3,5 х 4,5 көлеминдеги 12 дана сүўрет;
6)Ҳүжжетлерди жыйнап тигип қойғыш (папка скоросшиватель);
7)Конверт А5 форматында;
8)Студентлер турақ жайы (шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети бар болған студентлер) ушын арза (егер зәрүр болса);
9)Жеңиллик тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын (жеңиллик беретуғын ҳүжжеттиң түп нусқасы, бар болса).
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1