«Устазлар ҳәм оқытыўшылар күни» мүнәсибети менен онлайн иләж болып өтпекте.
Таяныш оқыў орнымыз Самарқанд ветеринария медицинасы институтында 1–октябрь «Устазлар ҳәм оқытыўшылар күни» мүнәсибети менен "Сизге ҳәмме ўақыт тәзимдемиз әзиз, устазлар" атамасындағы байрам иләжы Zoom онлайн платформасы арқалы өткерилмекте. Онда СамВМИ Нөкис филиалының жәмәәти ҳәмде профессор-оқытыўшылары қатнасып атыр. Онлайн иләжды институт ректоры, профессор Х.Юнусов ашып берип, байрам менен ҳәммени қутлықлап өтти. Буннан соң Өзбекстан Республикасы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Норқобилов өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. Онлайн тәризде шөлкемлестирилген бул байрам иләжы жоқары кейпиятта болып өтпекте.



Филиал Баспа сөз хызмети
скачать dle 12.1