Студентликке усынылған абитуриентлер дыққатына!
Өзбекстан Респбуликасы билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланған 2020-жыл тест сынақлары дизимге алыў тәртибине муўапық студентлер қатарына қабыл етиў ушын усынылғанлар институтқа бериўи керек болған ҳүжжетлердиң дизими:
1.Ректордың атына арза;
2.Паспорт нусқасы (түп нусқасы көрсетилген ҳалда);
3.Диплом ямаса аттестат (қосымша бети менен бирге) түп нусқасы;
4.Тил билиў дәрежесин тастыйықлаўшы сертификаттың түп нусқасы; (егер болса)
5.3,5х4,5 фотосүўрет 12 дана;
6.Ҳүжжетлер папкасы (папка скоросшивател);
7.Конверт A5 форматында;
8.Студентлер турақ жайы (шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети бар болған студентлер ушын ) арза (керек болса);
9.Жеңиллик тийкарында студентликке усынылғанлар ушын (жеңиллик беретуғын ҳүжжеттиң түп нусқасы, егер бар болса);
Усыныс: Қайсы жоқары оқыў орнына қабыл етилген болсаңыз, сол ЖООна усы ҳүжжетлерди тапсырыўыңыз соралады.
Илажы болса, студенти болған жоқары оқыў орныңыздың социаллық тармақлардағы бетлерин бақлап барың!
Еслетпе:Карантин шараятын инабатқа алған ҳалда дәстүрий оқыў басланыўынан алдын ЖОО бул ҳүжжетлерди талап етиўи мүмкин емес.
Филиал Баспа сөз хызмети
скачать dle 12.1