Инглиз тили пәнинен ашық сабақ болып өтти
Филиал студентлери ушын 2-сентябрден баслап аралықтан тәлим бериў жолға қойылды. Онлайн тәлим алыў процессиниң нәтийжелилигин еледе асырыў мақсетинде студентлер ушын онлайн вебинарлар ҳәм ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, филиалдың «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистент лаўазымына талабан Жуманиязова Наргиза Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 3-курс студентлерине инглиз тили пәнинен “People the great communicator” темасында ашық сабақ өтти. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров сабақты ашып берди. Соның менен бирге оған филиал профессор-оқытыўшыларыда қатнасты. Н.Жуманиязова тәрепинен ашық сабақ темасы бойынша кең түсиник берилди. Студентлер теманы жақсы өзлестиргенлиги себепли сабақ даўамында белсенди қатнасты. Zoom платформасы арқалы онлайн сәўбетлесиў тәризинде шөлкемлестирилген мине усындай сабақлар студентлердиң еледе жақсы өзлестириўлери ушын жәрдем береди. Бул болса өз орнында аралықтан тәлимниң сапасын еледе асырып барады. Филиалдың профессор-оқытыўшылар жәмәәти соны есапқа алған ҳалда сабақларды илажы барынша усы тәризде шөлкемлестириўди режелестирип атыр. Студентлер инглиз тили пәнинен болып өткен ашық сабақ қызықлы болып өткенлигин билдирди.
скачать dle 12.1