17-сентябрь күни тест сынақларында кимлер қатнасыўы белгиленди?
Республикамызда 2-сентябрден баслап тест сынақлары ɵткерилмекте. Кɵпшиликти дене температурасы кɵтерилгенлиги себепли кириў имтиханларынан шетлетилген абитуриентлерге тест сынақлары жуўмақланғаннан кейин имканият бериледи ме ҳǝм қайсы сǝнеде деген сораў қызықтырып атырған еди. Бул бойынша Мǝмлекетлик тест орайы басқарма баслығы Барно Ражабовтыӊ мǝлим етиўине қарағанда, тест сынақларына кириў процесинде дене температурасы жоқарылығы себепли имтиханнан шетлетилген абитуриентлер ушын усы жылдыӊ 17-сентябрь күни имканият бериледи екен. 13-сентябрде республика бойлап жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары тамамланыўы белгиленген. Тест нǝтийжелери болса 24-сентябрьге дейин жǝрияланыўы режелестирилмекте. Тест сынақларына температурасы кɵтерлигенлиги ҳǝм коронавирус пенен наўқасланып саўалған абитуриентлер 17-сентябрь күни тест тапсырыўы белгиленген.
Быйылғы тест сынақлары ҳаққындағы жаӊалықларды турақлы түрде сайтымыз ҳǝм рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1