Кәсиплесимиз 55 жаста!
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың «Ең уллы байлық-бул ақыл-инта ҳәм илим, ең үлкен мийрас-бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық-бул билимсизликдур»-деп айтқанындай, ҳақыйқатында да, инсанды инсан етип тәрбиялаўда, оған билим-илим бериўде, меҳир-ақыбетли, жақсы арзыў-нийетлер менен жасаў туйғыларын сиңдириўде, бир сөз бенен айтқанда, жәмийетимиздиң мүнәсип пуқарасы болып турмысымызға кирип келиўинде ҳәм беккем орын алыўында, әлбетте устаз-муғаллимлердиң орны уллы деп есаплаймыз.
Усындай уллы атақ-устаз-оқытыўшы дәрежесине жетискен кәсиплес апамыз Базарбаева Дина Иркиновна бүгинги күн 55 жасты қарсы алмақта. Базарбаева Дина Иркиновна 1965-жылы 4-сентябрь күни Нөкис қаласында зыялы шаңарақта дүньяға келген. Ата-анасы оқытыўшы болған Дина апа кишкене ўақтынан баслап-ақ билим-илим алыўға қуштар болып, мектепти айрықша баҳаларға тамамлағаннан соң, Россияның Ленинград мәмлекетлик университетине оқыўға кирип, «Микробиология» қәнигелигин питкереди. Өзиниң мийнет жолын 1987-жылы Қарақалпақ илим-изертлеў институты клиникалық ҳәм медицина институтында киши илимий хызметкер болып ислеўден баслайды. 1992-2003-жыллары Республикалық санитария-эпидимиологиялық станцияда врач-бактериолог, врач-лаборант, 2002-2005-жыллары Қарақалпақ экспериментал ҳәм клиникалық илимий-изертлеў институтында аспирант, 2003-2006-жыллары Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы илимий бөлим инженери, 2006-2008-жыллары Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Биоэкология институтында киши илимий хызметкер, 2008-2013-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университети ассистенти, 2014-2019-жыллары Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы ассистенти болып жемисли мийнет етти. Талабаларға устазлық етиў менен бирге илим менен шуғылланып бир неше илимий мақалалары Республикамыз ҳәм шет ел басылымларында басылып шығарылған ҳәм 2019-жылы 19-ноябрьде Микробиология ҳәм вирусология қәнийгелиги бойынша илимий диссертациясын жақлап, Биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) дәрежесин ийеледи.
2019-жыл декабрь айынан баслап Самарқанд ветеринария медицина институты Нөкис филиалында ассистент ҳәм 2020-жылдан баслап кафедра баслығы лаўазымында жумыс ислеп келмекте. Шаңарақлы, бир ул ҳәм бир қыздың анасы. Бүгинги туўылған күн ийеси кәсиплес апамыз Базарбаева Дина Иркиновнаға беккем ден-саўлық, шаңарағына аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларында талмас күш-жигер тилеп қаламыз.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими.скачать dle 12.1