Ҳурметли филиал абитуриентлери
Ҳурметли филиал абитуриентлери Пандемияға байланыслы быйылғы тест сынақларын ашық аспан астындағы стадионларда өткериў белгиленди. Өйткени биринши гезекте халықтыӊ саламатлығын қорғаў баслы ўазыйпа есапланады.
Соныӊ менен бир қатарда Самарқанд ветеринария медицина институты Нөкис филиалы администрациясы биринши гезекте бизиӊ филиалымызға хүжжет тапсырғаныӊыз ушын миннетдаршылық билдиреди. Соныӊ менен бирге Сизлерди тест тапсыратуғын орынларға кешикпей таўып барыўларынызда қолайлықлар жаратыў ушын төмендеги мағлыўматларды усынады.
2020/2021 оқыў жылы ушын тест сынақлары болып өтетуғын орынлар арнаўлы карта арқалы көрсетилген.
Аты: "Туран" орайлық стадионы
Мәнзил: Нөкис қаласы, Хурлиман қыз бақсы көшеси 37-ўй
Сектор: 1-2-секторлар
Группалар: 1-30 группалар, 31-60 группалар
Геолакация: https://goo.gl/maps/3EhYTxo9zNyfneXx8
Абитуриентлерге ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тест сынақлары болып өтетуғын орынларға қатнайтуғын жәмийетлик транспортлардың дизимин усынады.
Туран стадионына:
Қарақалпақстан көшесинен «Арал бассейн» тәрепинен -8, 32, 44, 45, 50, 58, 66, 77, 80 - санлы жөнелисли таксилер
(маршрутка) жүреди.
Абдамбетов көшеси Мешит тәрептен - 3, 5, 10, 11, 19, 20, 27, 31, 33, 35, 36, 37, 46, 47, 49, 61, 63, 65, 69, 70, 71, 85, 86, 95, 98-санлы маршруткалар жүреди.

Аты: Қарақалпақстан балалар ҳәм өспиримлер футбол академиясы ойын майданшасы
Мәнзил: Нөкис қаласы, Едиге көшеси
Сектор: 3-сектор
Группалар: 61-86 группалар
Геолокация: https://goo.gl/maps/so5X1jfpBhb4pd9q9
Абитуриентлерге ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тест сынақлары болып өтетуғын орынларға қатнайтуғын жәмийетлик транспортлардың дизимин усынады.
Футбол академиясына:
Абдамбетов көшеси (Мешит бәндиргиси) - 3, 11, 19, 20, 27, 35, 47, 49, 63, 66, 77, 86-санлы маршруткалар жүреди.
Аты: Республика ойын түрлери ҳәм жеӊил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби теннис корти
Мәнзил: Нөкис қалас, Хурлиман қыз бақсы көшеси
Сектор: 4-сектор
Группалар: 87-100 группалар
Геолокация: https://goo.gl/maps/j91EBdpBS31hKvmJ7
Абитуриентлерге ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тест сынақлары болып өтетуғын орынларға қатнайтуғын жәмийетлик транспортлардың дизимин усынады.
Теннис кортына:
Қарақалпақстан көшеси бойлап - 32, 44, 45, 50, 58, 66, 77, 80-санлы маршруткалар жүреди.скачать dle 12.1