САМВМИ НƟКИС ФИЛИАЛЫ ДИРЕКТОРЫНЫӉ МҮРӘЖАТЫ АБИТУРИЕНТЛЕРГЕ ЖОЛЛАНБАҚТА!
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы директорыныӊ абитуриентлер ҳǝм олардыӊ ата-аналарына мүрǝжаты филиал профессор-оқытыўшылары тǝрепинен телеграм каналлары арқалы абитуриентлердиӊ жеке ɵзине жолланбақта. Бул мүрǝжат ɵзбек ҳǝмде қарақалпақ тиллеринде филиалдыӊ 5 тǝлим бағдарына ҳүжжет тапсырған барлық абитуриентлерге тарқатылмақта. Филиалымызда оқыў тилегин билдирген абитуриентлерге усы тǝризде айрықша итибар қаратылып атырғанлығы бийкарға емес. Студент болыў арзыўында жоқары оқыў орынлары арасында бизиӊ филиалымызды сайлағаны биз ушын ǝҳмийетли болып есапланады. Филиал директоры мүрǝжатында буныӊ ушын оларға жеке ɵзиниӊ атынан миннетдаршылық билдирип ɵтти. Тест сынақлары басланыўына да санаўлы күнлер қалды. Ҳǝзирги ўақытта филиал профессор-оқытыўшылары социаллық тармақлар арқалы филиалға ҳүжжет тапсырған барлық абитуриентлерге директордыӊ мүрǝжатын тарқатыў жумыслары менен шуғылланып атыр. Онда абитуриентлерден тест сынақларына белгиленген мǝнзилге ɵз ўақтында жетип барыўы ҳǝм карантин қағыйдаларына бойсынған ҳалда кириў имтиханларында қатнасыўы соралған. Соныӊ менен бирге, олардыӊ ата-аналарына тест процесин онлайн гүзетип барыўлары мүрǝжат етилди. СамВМИ Нɵкис филиалы жǝмǝǝти студент болыў тилегинде жақсы нийетлер менен тест сынақларына таярлық кɵрип атырған барлық абитуриентлерге шын кеўилден ǝўмет тилейди!

Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нɵкис филиалы Баспа сɵз хызмети скачать dle 12.1