Абитуриент руxсатнамасы кимлерге берилмейтуғынлығын билесиз бе?
Алдын хабар бергенимиздей 22-август сǝнесинен баслап абитуриентлерге тест сынақларында қатнасыў ушын «Абитуриент руxсатнамасы»н бериў басланды.
«Абитуриент руxсатнамасы» барлық абитуриентлерге бериледи ме? Хош, Бул руxсатнама кимлерге берилмейди? Тɵменде буған анықлық киргизип ɵтемиз:
–Тест сынақларысыз толық дөретиўшилик имтихан болатуғын билимлендириў бағдарларына дизимнен өткен абитуриентлерге (олар өзлери таңлаған жоқары билимлендириў мәкемелерине мүрәжат етиўи керек);
–Белгиленген тәртипте дизимнен өткен, бирақ тест сынақлары ушын төлемди әмелге асырмаған абитуриентлерге;
–Белгиленген тәртипте дизимнен өткен, бирақ кейин ала системадан аккаунтын өширген абитуриентлерге;
–Тийисли тәртипте билимлендириў бағдарларын сайлап дизимнен өтпеген пуқараларға (айырым абитуриентлер системаға кирип, паспорт мағлыўматларын киргизген, бирақ билимлендириў бағдарларын сайлап дизимнен өтпеген);
–Тест сынақларысыз, тиккелей студентликке усыныс етилетуғын жеңилликке ийе абитуриентлерге (мәселен, әскерий хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында қайтыс болған ямаса майып болып қалған әскерий хызметкерлердиң перзентлери);
Еслетип өтемиз, абитуриентлер тест сынақларына пуқаралық паспорты ҳәм абитуриент руxсатнамасы менен келиўи шәрт. Пуқаралық паспорты болмаған жағдайда абитуриент руxсатнамасы ҳақыйқый деп есапланбайды.
Бизди филиалымыздыӊ веб-сайты ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы гүзетип барыӊ! Тест сынақлары ҳаққындағы керекли мағлыўматларды сизге инǝм етип барыўды даўам етемиз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1