Абитуриентлер тест сынақларына саат нешеде барыўы керек?
Тест сынақлары басланыў сǝнеси де жақынлап қалды. Абитуриентлер тест болып ɵтетуғын орынға саат нешеде барып турыўлары керек? Алдын мǝлим етилгениндей кириў имтиханлары 2-сентябрден басланып күнине 2 мǝрте, ҳаўа салқын ўақытта ɵткериледи. Яғный бунда тест сынақлары:
1-сменада 08:00 ден 11:00 ге дейин;
2-сменада 17:00 ден 20:00 ге дейин болады.
Абитуриентлерди киргизиў:
1-сменада 06:30 дан, 2-сменада 15:30 дан басланады. Соныӊ ушын абитуриентлер тест сынақлары ɵткерилетуғын аймаққа тест сынақлары басланыўынан 1-1,5 саат алдын келиўи керек болады. Мағлыўмат ушын, тест сынақлары ɵткерилиў ўақты бойынша еӊ кɵп Aндижан, Сурхандǝрья, Қашқадǝрья, Наўайы, Сырдǝрья ўǝлаятлары ҳǝм Ташкент қаласында 12 күн, еӊ аз Ферғана ўǝлаятында 10 күн даўам етеди. Ҳүрметли абитуриентлер жоқарыда айтып ɵтилгендей, тест тапсырыў белгиленген орныӊызға 1-1,5 саат алдын барыўыӊызды мǝслаҳат етемиз.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1