SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Магистратура абитуриентлери дыққатына! » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
Магистратура абитуриентлери дыққатына!
2020/2021- оқыў жылында магистратураға оқыўға кириў ушын дизимнен ɵткен абитуриентлер ушын мақсетли қабыллаўға таӊлаўда қатнасыў мақсетинде ҳүжжетлерди қайта редакторлеў тǝртиби. Процес қалайынша ǝмелге асырылады?1. Мақсетли қабыллаў бойынша таӊлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлерди қайта редакторлеў тек ғана магистратураға оқыўға кириў ушын magistr.edu.uz веб-платформасы арқалы онлайн тǝризде дизимнен ɵткен абитуриентлер ушын ǝмелге асырылады.2 .Дизимнен ɵткен абитуриентке ɵзи таӊлаған жоқары оқыў орны ҳǝм қǝнигеликти ɵзгерткен ҳалда, мақсетли қабыллаў белгиленген қǝнигелик бойынша таӊлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлерди қайта редакторлеў ҳуқықы бериледи. Бунда: абитуриент тɵмендеги шǝртлерди инабатқа алған ҳалда мақсетли қабыллаўдыӊ кɵрсеткишлери ажыратылған жоқары оқыў орнына жазба арза менен мүрǝжат етеди: абитуриент тийисли қǝнигелик тийкарындағы сǝйкес бакалавриат тǝлим бағдарын тамамлаған болыўы шǝрт; абитуриент кириў имтиханларынан табыслы ɵтип, студентлер қатарына қабылланғаннан кейин, оқыўды питкергеннен соӊ усы жоқары оқыў орнында кеминде 5 жыл ислеў шǝрти менен белгиленген үш тǝреплеме шǝртнаманы имзалаўға разы болыўы керек. Мǝселен, Термиз мǝмлекетлик университетиниӊ тийисли магистратура қǝнигелиги бойынша Денов исбилерменлик ҳǝм педагогика институты ушын айрықша мақсетли қабыллаў кɵрсеткиши тастыйықланған болса, абитуриент Денов исбилерменлик ҳǝм педагогика институтына арза менен мүрǝжат қылады.3 .Буннан кейин, мақсетли қабыллаў кɵрсеткишлери ажыратылған жоқары оқыў орынлары абитуриентлериниӊ арзаларын улыўмаластырған ҳалда Жоқары ҳǝм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине мүрǝжат қылады.4 .Абитуриентлер арзалары ҳǝм жоқары оқыў орынлары мүрǝжатлары тийкарында министрлик техникалық исши топары тǝрепинен magistr.edu.uz платформасындағы абитуриентлердиӊ ҳүжжетлери редакторленеди. 2020-жылдыӊ 21-август сǝнесине дейин (21-август күни ҳǝм) рухсат берилген.Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1