«Aбитуриент руқсатнамасы » қашан тарқатылады?
2020/2021-оқыў жылы ушын кириў тест имтиханлары 2-сентябрден басланыўы белгиленди. Кириў имтиханларынан алдын барлық абитуреинтлер «Aбитуриент руқсатнамасы»на ийе болыўы керек. Хош жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет тапсырғанларға «Aбитуриент руқсатнамасы» қашаннан баслап тарқатылады?
Айрым дереклердиӊ хабар бериўинше, «Aбитуриент руқсатнамасы»н усы жылдың 23-24-август күнлеринен баслап Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайты арқалы тарқатыў режелестирилмекте екен. Мағлыўмат ушын, абитуриентлер «Aбитуриент руқсатнамасы»н abitur.dtm.uz сайтынан электрон формада жүклеп алғаннан соң, оны принтер арқалы ақ қағазға шығарып, паспорты менен бирге алып келиўи керек. Еслетип өтемиз, «Aбитуриент руқсатнамасы» тест сынақларына қатнасыў ушын жүдǝ әҳмийетли ҳүжжет болып онда абитуриенттиң жеке мағлыўматлары менен бирге: -тест тапсырыў аймағы;
-тест тапсырылатуғын сәне ҳәм ўақыт;
-тест өткерилетуғын имарат;
-тест тапсырылатуғын смена ҳәм топар номери сыяқлы бир неше мағлыўматлар болады.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1