Тɵлемли контракт тийкарында оқыйтуғын студентлерге 10 пайызлық шегирме бериледи.
Пандемия жағдайында жоқарғы билимлендириў орынларында контракт тийкарында оқытыў ушын төленетуғын контракт баҳаларын оптималластырыў бойынша кɵплеген мүрәжатлар билдирилген еди. Жоқарғы ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен инабатқа алынып, Економика министрлигине жиберилди.
2020-2021 оқыў жылында күндизги тәлимде контракт тийкарында оқыйтуғын барлық студентлерге 10 пайызлық шегирме бериледи.
Министрликтиӊ мǝлим етиўинше, пандемия жағдайында жоқарғы билимлендириў орынларында контракт тийкарында оқытыў ушын төленетуғын контракт баҳаларын оптималластырыў бойынша билдирилген мүрәжатлар есапқа алынып, бул усыныслар Економика министрлигине жиберилди. Пандемия ўақтында Министрлик халықтың аўҳалын есапқа алып, 2020-2021 оқыў жылында әмелдеги базалық шәртнама муғдары ушын күндизги тәлимде оқыйтуғын барлық студентлерге 10 пайызлық шегирме бериледи. Сондай-ақ, ЖОО тәрепинен жетим, шын жетим, имканияты шекленген, "темир дәптер"деги шаңарақ перзентлери болған студентлерге 4 миллион сумға шекем жәрдем көрсетиў имканына ийе болады.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1