ТƟЛЕМДИ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎҒА ҮЛГЕРМЕЙ ҚАЛҒАН АБИТУРИЕНТЛЕР ДЫҚҚАТЫНА!
Бǝршемизге белгили, алдыӊғы жылларда питкерген абитуриентлер тестке кириў ушын 111 мыӊ 500 сум муғдарында тɵлмеди ǝмелге асырыўы керек еди. Бирақ айрым себеплерге кɵре, тɵлемди тɵлеўге үлгермей қалған абитуриентлер де жоқ емес.
Соныӊ ушын Мǝмлекетлик қабыллаў комиссиясы тɵлемди ǝмелге асырыў мүддетин жǝне созды.
Онлайн дизимнен ɵткен, бирақ тɵлемди ǝмелге асырып үлгермеген абитуриентлер 16-август саат 23:59 ге дейин тɵлемди ǝмелге асырыўы мүмкин.
Тɵлемди ǝмелге асырмаған абитуриентлер дизимнен ɵтпеген болып есапланады ҳǝм тест сынақларында қатнаса алмайды.
Демек, тɵлемди тɵлеп үлгермей қалғанлар ушын бул инǝм етилген жǝне бир имканияттан ɵз ўақтында үнемли пайдаланыўыӊызды мǝслаҳат етип қаламыз.
Буннан алдын да 20-июль күни 2020/2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат тǝлим бағдарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыў рǝсмий түрде жуўмақланғаннан кейин Мǝмлекетлик тест орайы тɵлемди ǝмелге асыра алмай қалған абитуриентлер ушын 21-июль күни саат 23:59 ге дейин қосымша ўақыт берген еди.
2020/2021-оқыў жылы ушын жоқарғы оқыў орынларына қабыллаў тест сынақлары ҳаққындағы хабар ҳǝмде жаӊалықларды сайтымыз ҳǝмде рǝсмий телеграм каналымыз арқалы бақлап барыӊ!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1